Елшилер 24
24
Павел ҳәким Феликс алдында
1Арадан бес күн өткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы шешен бир нызам қәнийгеси менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады. 2Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады:
– Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти көре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта. 3Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз. 4Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сөзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
5Бизлер бул адамды дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң көтерген иллеттей қәўипли бир адам деп таптық. Ол «Насыралылар»#24:5 Насыралылар – Ийса Насыра қаласынан болғанлықтан, Оған исениўши адамларды «Насыралылар» деп атаған. деп аталған топардың жетекшилериниң бири. 6Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық. [7#Елш 24:6-8 Базы қолжазбаларда 6-аяттың ақырында, 7-аят ҳәм 8-аяттың басында мына сөзлер бар: 6 «Бизлер оны нызамымыз бойынша ҳүким етпекши болдық. 7 Бирақ мыңбасы Лисяс келип, оны бизлердиң қолымыздан тартып алды да, 8 оның айыплаўшыларына сизиң алдыңызға барыўды буйырды».] 8Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин өзинен билип аласыз.
9Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
10Ҳәким Павелдиң сөйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди:
– Сизиң көп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, өзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман. 11Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен көп болмағанын өзиңиз билип алыўыңызға болады. 12Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди көрмеди. 13Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды. 14Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Қудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен. 15Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўине Қудайдан үмит етемен. 16Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
17Миллетиме қайыр-садақа, Қудайға қурбанлықлар бериў ушын, көп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим. 18Мен тазаланыў рәсиминен өтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада көрди. Сонда мениң қасымда көп адам да, шаўқым да болған жоқ. 19Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек. 20Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын. 21Мен тек олардың алдында турғанымда: «Өлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
22Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен:
– Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды.
23Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўды буйырды.
Павелдиң Кесарияда тутқын болыўы
24Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масийх Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады. 25Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип:
– Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди. 26Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
27Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Поркий Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.
Currently Selected:
Елшилер 24: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022