YouVersion Logo
Search Icon

Елшилер 19

19
Павел Эфес қаласында
1Аполлос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден өтип, Эфеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып, 2олардан:
– Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады.
– Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик те, – деп жуўап берди олар.
3– Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел.
– Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық#19:3 Мат 3:5-6., – деди олар.
4Павел былай деди:
– Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға өзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди.
5Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды. 6Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар руўхый тиллерде сөйлеп, пайғамбаршылық ете баслады. 7Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди.
8Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Қудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сөйледи. 9Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди өзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде тәлим бериўин даўам етти. 10Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сөзин еситти.
Скеваның жети улы
11Қудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи. 12Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди.
13Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди. 14Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди. 15Бирақ жаўыз руўх оларға:
– Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де, 16жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти.
17Бул хабар Эфесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи. 18Исенгенлердиң көбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады. 19Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын көп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң көз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың гүмис теңге болды. 20Солай етип, Ийемиздиң сөзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды.
21Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен өтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де көриўим керек», – деди ол. 22Сонлықтан өзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Эрастусты Македонияға жиберди.
Эфестеги көтерилис
23Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли көтерилис пайда болды. 24Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, өз өнерментшилерине көп пайда келтиретуғын еди. 25Димитрий өз өнерментшилери менен өзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди:
– Дослар, усы кәсибимиз арқалы көп пайда алатуғынымызды билесизлер. 26Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Эфесте емес, ал пүткил Азияда көп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын көрип ҳәм еситип атырсызлар. 27Бул бизлердиң өнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып ғана қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар.
28Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Эфеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады. 29Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, тамаша майданына қарай сүйреди. 30Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады. 31Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында көринбеўин өтинди.
32Жыйналғанлардың биреўи анаў, биреўи мынаў деп бақырып, жыйналыс бийтәртип болды. Көбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди. 33Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, өзин халық алдында қорғамақшы болды. 34Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Эфеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды.
35Қала хаткери халықты тынышландырып былай деди:
– Эфеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Эфес қаласы екенин ким билмейди? 36Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек. 37Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген. 38Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның өнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин. 39Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис. 40Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ.
Ол усы сөзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in