Елшилер 1
1
Ийсаның аспанға алыныўы
1-2Ҳүрметли Теофил!
Мен биринши китабымда Ийсаның ислеген ислери ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. 3Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. 4Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди:
– Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. 5Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады:
– Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7Ийса оларға:
– Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. 8Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11– Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
Матиястың Яҳуданың орнына сайланыўы
12Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай#1:12 Бир шақырымдай – сөзбе-сөз: бир Шаббат күнлик жол. Яҳудийлердиң диний дәстүри бойынша, Шаббат күни басып өтиўге рухсат етилген аралық. жерде жайласқан еди. 13Қалаға кирип, өзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына көтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Шимон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди. 14Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16– Туўысқанларым! Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Мухаддес Руўхтың Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди. 17Яҳуда да бизлердиң биримиз болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
18Бул адам өз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды. 19Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, бул атама «Қан жери» деген мәнисти аңлатады.
20Өйткени Забурда:
«Оның мәканы қаңырап қалсын,
Шатырларында жасаўшы болмасын»#1:20 Заб 68:26..
Және де:
«Оның ислейтуғын ўазыйпасын басқа биреў ийелесин»#1:20 Заб 108:8., – деп жазылған.
21-22Сонлықтан оның орнын ийелейтуғын адам Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан#1:21-22 Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны. баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири болыўы керек. Ол Ийсаның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсабба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. 24-25Соңынан олар былай деп дуўа етти:
– О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге көрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, өзине ылайықлы жерге кетти.
26Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.
Currently Selected:
Елшилер 1: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022