YouVersion Logo
Search Icon

2 Петр 2

2
Жалған устазлар ҳаққында
1Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тәлиматлар киргизип, ҳәтте, өзлерин Өз қанын төлеп сатып алған Ийесин де тән алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳәрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди. 2Көп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди. 3Олар нәпсиқаўлығы себепли өзлери ойлап тапқан жалған сөзлерди айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими әўелден-ақ таяр турған болып, олар көп кешикпей набыт етиледи.
4Себеби Қудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты. 5Қудай қудайсызлардың дүньясына топан суўын жибергенде, әййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳәм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды#2:5 Жар 6:1–7:24.. 6Содом ҳәм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды#2:6 Жар 18:16–19:28.. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип көрсетти. 7Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Қудай қутқарды#2:7 Жар 19:1-16.. 8Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның пәк кеўли олардың наҳақ ислерин көрип ҳәм еситип турып, күн сайын қыйналатуғын еди. 9Солай етип, Жаратқан Ийе Өз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳәм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи. 10Әсиресе өзиниң гүнакар тәбиятының бузық қәлеўлерине берилип, Қудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тәғдири усылай болады.
Сол сыяқлы, уятсыз ҳәм өжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды. 11Периштелердиң күш ҳәм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Жаратқан Ийе алдында оларды масқаралап айыпламайды. 12Бирақ бул жалған устазлар өзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳәм тәбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады. 13Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-әширетке берилиўди өмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, өз өтиригинен рәҳәтленеди. 14Олардың көзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳәлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нәпсиқаў ҳәм ғарғыс урған адамлар. 15Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда көриўди жақсы көрген Беор улы Биламның жолын тутты. 16Бирақ ол ислеген гүнасы ушын әшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сөйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди#2:15-16 Сан 22:4-35..
17Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур. 18Өйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан әлле қашан қутылғанларды бос ҳәм лап сөзлер менен алдап, гүнакар тәбияттың бузық қәлеўлерине баслайды. 19Өзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўәде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады. 20Адамлар Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхты билип, дүньяның напәкликлеринен қутылғаннан соң, және сол нәрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. 21Өйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гөре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди. 22Олардың өмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сөзлер туўры келеди:
«Ийт өз қусығына қайтады,
Шошқа жуўындырылғаннан соң,
Барып батпаққа аўнайды»#2:22 Ҳкм 26:11..

Currently Selected:

2 Петр 2: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in