YouVersion Logo
Search Icon

2 Петр 1

1
Сәлемнама
1Ийса Масийхтың қулы ҳәм елшиси Шимон Петрден, Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сәлем! 2Қудайды ҳәм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!
Шақырылыў ҳәм таңлап алыныў
3Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масийх Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды. 4Қудай Өз уллылығы ҳәм ийгилиги арқалы бизлерге жүдә үлкен ҳәм қымбатлы ўәделер берди. Солай етип, бул ўәделер себепли сизлер дүньядағы жаман қәлеўлерден қутылып, қудайлық тәбиятқа шерик боласызлар. 5Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди, 6билимге нәпсини тыйыўды, нәпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды, 7Қудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар. 8Егер бул жақсы қәсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масийхты билиўде табыссыз ҳәм жемиссиз болмайсыз. 9Бул жақсы қәсийетлерге ийе болмаған адам узақты көре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.
10Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз. 11Солай етип, Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхтың мәңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.
Мухаддес Жазыўларға дыққат аўдарыңлар!
12Сол себептен сизлер буларды билип, өзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳәмме ўақыт еслетип турыўға таярман. 13Бул денеде жасаған ўақтымда ядыңызда болған нәрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым. 14Өйткени Ийемиз Ийса Масийхтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен. 15Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳәмме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тәним менен тырысаман.
16Бизлер#1:16 Бизлер – Петр, Юхан, Яқып (Мат 17:1-5; Мрк 9:2-7; Лук 9:28-35.) Ийемиз Ийса Масийхтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик. 17Себеби қүдиретли ҳәм уллы Қудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман», – деген саза еситилгенде, Ол Қудай Әкеден даңқ ҳәм салтанат алды. 18Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.
19Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар. 20Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды. 21Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх#1:21 Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы. тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан.

Currently Selected:

2 Петр 1: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in