1 Петр 5
5
Жәмәәт ақсақаллары ҳәм жаслары
1Араңыздағы жәмәәт ақсақалларына олардай жәмәәт ақсақалы болған мен, Масийхтың шеккен азапларының гүўасы ҳәм Ол қайтып келгенде ашық көринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды өтиниш етемен: 2Қудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мәжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Қудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал өз қәлеўиңиз бенен ислеңлер. 3Өзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар. 4Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, сөнбейтуғын уллылық тажын аласызлар.
5Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби:
«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди».#5:5 Ҳкм 3:34.
6Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди. 7Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
8Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. 9Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. 10Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масийх арқалы Өзиниң мәңгилик салтанатына шақырды. Қысқа өмириңизде азап шегип атырған болсаңыз да, Ол сизлерди жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳәм тыянақлы қылады. 11Қүдирет мәңги-бақый Оныки болсын! Аўмийин.
Соңғы сәлемнама
12Мен сизлерге усы қысқаша хатымды өзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға#5:12 Сила – грекше текстте бул аттың басқа варианты Силванус. жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Қудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар.
13Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы#5:13 Бабилон – Рим нәзерде тутылған. исениўшилер жәмәәти ҳәм тутынған улым Марк сизлерге сәлем айтып атыр. 14Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сәлемлесиңлер.
Масийхқа тийисли болған сизлердиң ҳәммеңизге тынышлық яр болсын!
Currently Selected:
1 Петр 5: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022