Марк 7
7
Жетинши бап
Адамды не ҳарамлайды?
1Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды. 2Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин көрди.
3Өйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын 4ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да көп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады.
5Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан:
– Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады.
6Ийса оларға:
– Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған:
«Бул халық сыйлар Мени тили менен,
Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
7 Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер» # 7:6-7 Ийшая 29:13. .
8Сизлер Қудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди.
9Ийса оларға және:
– Сизлер өз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Қудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар. 10Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле#7:10 Шығыў 20:12; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16., ким де ким ата-анасына жаман сөз айтса, өлтирилсин»#7:10 Шығыў 21:17; Еремия 20:9., – деген. 11Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Қудайға қурбан (Қудайға арналған сый) еттим“, десе, 12сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер. 13Солай етип, сизлер өз үрп-әдетлериңиз бенен Қудайдың сөзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы көп ислерди ислейсизлер, – деди.
14Ийса халықты және Өзине шақырып алып былай деди:
– Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар. 15Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды, ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды. [16]#7:16 Басқа нусқада мына аят бар: «Еситиўге қулағы бар еситсин!»
17Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады. 18Ийса оларға:
– Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме? 19Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди.
Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты.
20Ол және:
– Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды. 21Өйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам өлтириў, 22неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады. 23Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди.
Сирофиникиялы ҳаялдың исеними
24Ийса сол жерден шығып, Тир#7:24 Басқа нусқада: Тир ҳәм Сидон. үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады. 25Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды. 26Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды өтинди. 27Ал Ийса оған:
– Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
28Ҳаял жуўап берип:
– Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди.
29Ийса оған:
– Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди.
30Ҳаял үйине келгенде, қызының төсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин көрди.
Ийсаның ҳәм герең, ҳәм сақаў адамға
шыпа бериўи
31Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди. 32Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын өтинди. 33Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди. 34Аспанға қарап гүрсинди де, оған:
– Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди.
35Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сөйлей баслады. 36Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де көбирек жая берди. 37Адамлар қатты таң қалысып:
– Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сөйлейтуғын қылады, – дести.
Currently Selected:
Марк 7: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004