Марк 4
4
Төртинши бап
Туқым себиўши туўралы тымсал
1Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды. 2Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди:
3– Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти.
9Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
Тымсалдың мақсети
10Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға былай деди:
– Қудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады. 12Солай етип:
«Олар қараса да көрмейди,
еситсе де түсинбейди,
қайтып келип, кеширилмейди» # 4:12 Ийшая 6:9-10. .
Туқым себиўши туўралы
тымсалдың түсиндирилиўи
13Ийса оларға былай деди:
– Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер? 14Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди. 15Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди. 16Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. 17Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. 19Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. 20Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21Ийса оларға және былай деди:
– Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме? 22Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 23Еситиўге қулағы бар еситсин!
24Ийса даўам етип, оларға былай деди:
– Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди. 25Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
Өсип турған туқым
туўралы тымсал
26Соң Ийса:
– Аспан Патшалығы#4:26 Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы. мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти. 27Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай көгерип өскенин билмепти. 28Өйткени жер өз-өзинен зүрәәт береди: дәслеп көк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән өнеди. 29Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.
Қышқыл туқым туўралы тымсал
30Ийса тағы былай деди:
– Қудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады? 31Ол қышқыл туқымға#4:31 Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым. уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады. 32Бирақ ол себилгеннен соң өсип, шақалары жайылып, барлық шөплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33Ийса усындай көп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сөз айтты. 34Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.
Ийсаның даўылды тоқтатыўы
35Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине:
– Теңиздиң арғы жағасына өтейик, – деди.
36Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди. 37Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады. 38Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып:
– Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди.
39Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге:
– Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды.
Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40Ийса оларға:
– Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине:
– Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
Currently Selected:
Марк 4: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004