YouVersion Logo
Search Icon

Марк 16

16
Он алтыншы бап
Ийсаның қайта тирилиўи
1Дем алыс күни#16:1 Сөзбе-сөз: шемби күни. өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды. 2Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди. 3Өз ара:
– Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сөйлести.
4Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди. 5Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти.
6Жигит оларға:
– Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери. 7Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», – деп айтыңлар, – деди.
8Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.
Ийсаның магдалалы
Мәриямға көриниўи
9Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди. 10Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди. 11Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны көргенин еситсе де, исенбеди.
Ийсаның еки шәкиртине
көриниўи
12Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде көринди. 13Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди.
Ийсаның шәкиртлерине
тапсырмасы
14Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине көринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Өйткени олар Оның тирилгенин көргенлерге исенбеген еди. 15Ийса оларға былай деди:
– Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар. 16Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи. 17Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сөйлейди. 18Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.
Ийсаның аспанға алыныўы
19Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Қудайдың оң тәрепине отырды. 20Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Өз сөзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.

Currently Selected:

Марк 16: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in