Лука 1
1
Биринши бап
Ҳүрметли Теофил!
1Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. 2Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. 3-4Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы
ҳаққында болжаў
5Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди. 6Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди. 7Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.
8Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зекерия Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда, 9руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти. 10Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға көринди. 12Оны көрген Зекерия қорқып, албырап қалды. 13Бирақ периште оған былай деди:
– Қорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң. 14Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады. 15Себеби ол Қудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа#1:15 Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы. толады. 16Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Жаратқан Ийеси – Қудайға қайтарады. 17Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың#1:17 Илияс – Ийса Масих туўылмастан бурын IX әсирде жасаған пайғамбар. руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18Сонда Зекерия периштеге:
– Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.
19Периште оған жуўап берип:
– Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен. 20Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды. 22Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян#1:22 Аян – Қудай тәрепинен көрсетилген нәрсе. көргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сөйлести.
23Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.
24Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди. 25«Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
Ийсаның туўылыўы
ҳаққында Хош Хабар
26Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, 27Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди. 28Периште үйге кирип, оған:
– Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
29Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды. 30Периште оған былай деди:
– Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң! 31Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. 32Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. 33Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34Мәриям периштеден:
– Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35Периште оған жуўап берип:
– Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады. 36Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды. 37Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38Сонда Мәриям:
– Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди.
Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
Мәриямның Елизабетаға барыўы
39Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти. 40Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди. 41Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып, 42даўыслап былай деди:
– Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған! 43Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен? 44Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. 45Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады. 46Сонда Мәриям былай деди:
«Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар.
47Қутқарыўшым Қудайға руўхым шадланар.
48Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды.
Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи.
Оның аты мухаддес.
50Ол әўладтан-әўладқа, Өзинен қорққанларға
мийрим-шәпәәтин береди.
51Өз қолы менен қүдиретин көрсетип, кеўиллеринде
менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди
жоқары көтерди.
53Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54-55Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте
тутып, хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
Шомылдырыўшы Яқыяның
дүньяға келиўи
57Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды. 58Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти.
59Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге#1:59 Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин сегизинши күни сүннет етеди. алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды. 60Бирақ баланың анасы:
– Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61Олар Елизабетаға:
– Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп, 62әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты. 64Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады. 65Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады. 66Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди.
Зекерияның
пайғамбаршылық жыры
67Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68«Израилдың Жаратқан Ийеси – Қудай алғыслансын!
Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны
қутқарды.
69-70Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен
айтқанындай,
Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди.
71Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек
көриўшилердиң қолынан қутқарды.
72Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин
көрсетип,
Өз мухаддес келисимин, 73бабамыз Ибрайымға берген
антын еске алды.
74-75Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып,
қорқпастан, өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып,
Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76Ал сен, балам, Қүдиретли Қудайдың пайғамбары деп
аталасаң.
Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын
таярлайсаң.
77Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78-79Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур
түсириў ушын
ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын,
Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80Ал нәресте өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады.
Currently Selected:
Лука 1: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004