Юхан 21
21
Жигирма биринши бап
Ийсаның Галилада
жети шәкиртине көриниўи
1Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және көринди. Бул былай болды: 2Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди. 3Симон Петр оларға:
– Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди.
– Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар.
Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады.
4Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди.
5Ийса олардан:
– Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады.
– Жоқ, – деп жуўап берди олар.
6– Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса.
Олар аў салып, көп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады.
7Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге:
– Бул Ийемиз! – деди.
«Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, өзин теңизге атты. 8Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Өйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр#21:8 Сөзбе-сөз: еки жүз кьюбит. Ески өлшем бирлиги бойынша, бир кьюбит – 45-52 см. узақлықта еди. 9Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған көмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды көрди.
10Ийса оларға:
– Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди.
11Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли көп болса да, аў жыртылмады. 12Ийса оларға:
– Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди.
Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди. 13Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи.
14Солай етип, бул Ийсаның өлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте көриниўи еди.
Ийсаның Петр менен сөйлесиўи
15Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден:
– Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады.
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр.
Ийса оған:
– Қозыларымды отлат, – деди.
16Ийса екинши мәрте оннан:
– Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады.
Петр Оған:
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди.
Ийса оған:
– Қойларымды бақ, – деди.
17Үшинши мәрте Ийса оннан:
– Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады.
Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды.
– Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр.
Ийса оған былай деди:
– Қозыларымды отлат. 18Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады.
19Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып:
– Изиме ер, – деди.
20Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын көрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның көкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди. 21Петр оны көрип, Ийсадан:
– Ийем, оған не болады? – деп сорады.
22Ийса оған:
– Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
23Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт өлмейди», – деген сөз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол өлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди.
24Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз.
25Ийса ислеген басқа да көп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.
Currently Selected:
Юхан 21: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004