1
Матта 26:41
Жаңа Келисим
Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
Compare
Explore Матта 26:41
2
Матта 26:38
Сонда Ийса оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди.
Explore Матта 26:38
3
Матта 26:39
Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады: – Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын!
Explore Матта 26:39
4
Матта 26:28
Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
Explore Матта 26:28
5
Матта 26:26
Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.
Explore Матта 26:26
6
Матта 26:27
Соңынан Ол кесени қолына алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди: – Ҳәммеңиз буннан ишиңлер!
Explore Матта 26:27
7
Матта 26:40
Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма?
Explore Матта 26:40
8
Матта 26:29
Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.
Explore Матта 26:29
9
Матта 26:75
Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Explore Матта 26:75
10
Матта 26:46
Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
Explore Матта 26:46
11
Матта 26:52
Бирақ Ийса оған: – Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады.
Explore Матта 26:52
Home
Bible
Plans
Videos