Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да:
– Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды.
Ийса оған жуўап берип:
– Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
Ҳаял:
– Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди.