1
Матта 14:30-31
Жаңа Келисим
Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды. Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди.
Compare
Explore Матта 14:30-31
2
Матта 14:30
Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды.
Explore Матта 14:30
3
Матта 14:27
Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар, – деди.
Explore Матта 14:27
4
Матта 14:28-29
Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди. Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти.
Explore Матта 14:28-29
5
Матта 14:33
Қайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – дести.
Explore Матта 14:33
6
Матта 14:16-17
Бирақ Ийса: – Олар кетпеўи керек, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар.
Explore Матта 14:16-17
7
Матта 14:18-19
Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди. Соңынан халыққа шөпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди.
Explore Матта 14:18-19
8
Матта 14:20
Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен он еки себет толтырды.
Explore Матта 14:20
Home
Bible
Plans
Videos