1
Лука 6:38
Жаңа Келисим
Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди.
Compare
Explore Лука 6:38
2
Лука 6:45
Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
Explore Лука 6:45
3
Лука 6:35
Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Қудайдың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли.
Explore Лука 6:35
4
Лука 6:36
Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
Explore Лука 6:36
5
Лука 6:37
– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз.
Explore Лука 6:37
6
Лука 6:27-28
– Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер. Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
Explore Лука 6:27-28
7
Лука 6:31
Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер!
Explore Лука 6:31
8
Лука 6:29-30
Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет! Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
Explore Лука 6:29-30
9
Лука 6:43
– Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ.
Explore Лука 6:43
10
Лука 6:44
Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди.
Explore Лука 6:44
Home
Bible
Plans
Videos