Матта 6
6
Алтыншы бап
Саўап ислер туўралы
1– Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди#6:1 Басқа нусқада: қайыр-садақаларыңызды. адамларға көрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды.
2Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы өз-өзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 3Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин. 4Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
Дуўа етиў туўралы
5– Дуўа еткениңизде, адамларға көрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм көшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы көретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 6Ал сен дуўа еткениңде бөлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, көзге көринбейтуғын Әкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
7Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар көп сөйлесек тыңлар деп ойлайды. 8Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Әкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи. 9Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер:
Аспандағы Әкемиз!
Сениң атың мухаддес бола берсин.
10Сениң Патшалығың келсин.
Аспанда орынланғаны сыяқлы,
жерде де Сениң еркиң орынлансын.
11Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр.
12Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей,
бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр.
13Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай,
шайтаннан қутқара гөр.
Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
14Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. 15Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.
Ораза тутыў туўралы
16– Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 17Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап#6:17 Сөзбе-сөз: шашыңа май жағып., бетиңди жуў. 18Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
Жоғалмайтуғын байлық
19– Өзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды. 20Ал өзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды. 21Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
22Көз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. 23Егер көзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың өзи қаншелли тас түнек болады!
24Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
Тәшиўишленбеңлер!
25– Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе? 26Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Әкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме? 27Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? 28Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. 29Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 30Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шөпти Қудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар?
31Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер. 32Өйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Әкеңиз биледи. 33Ең алды менен Қудайдың Патшалығын#6:33 Ямаса: Қудайдың еркин. ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи. 34Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн өзи ушын өзи ғам жейди. Ҳәр күнниң өз ғамы өзине жетеди.
© Библия аўдарыў институты, 2004