Жаратылыс 9
9
Қудайдың Нух пенен дүзген келисими
1Қудай Нухты ҳәм оның улларын жарылқап былай деди: «Өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер жүзин толтырыңлар. 2Жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың, жер жүзиндеги тири жанлардың ҳәм теңиздеги балықлардың ҳәммеси сизлерден қорқып, үркетуғын болсын. Олар сизлердиң бийлигиңизге берилген. 3Барлық тири жаныўарлар сизлерге аўқат болады. Өсимликлерди бергеним сыяқлы, Мен сизлерге ҳәммесин берип атырман.
4Бирақ олардың қанын шығармай турып, гөшин жемең. Себеби жан қаннан ибарат. 5Егер сизлердиң де қаныңыз төгилсе, ҳақыңызды сөзсиз талап етемен. Адам жанын қыйған ҳәр қандай адам ҳәм ҳайўаннан Мен есап талап етемен. 6Ким адамның қанын төксе, оның өзиниң қаны да басқа адам тәрепинен төгиледи. Себеби Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. 7Ал сизлер өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер бетине тарқалып, артып барыңлар».
8Қудай Нухқа ҳәм оның улларына былай деди: 9«Мен сизлер менен, сизлердиң келешек урпағыңыз бенен келисим дүземен. 10Және де, сизлер менен бирге болған барлық жанлы жаныўарлар: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар ҳәм сизлер менен кемеден шыққан жер бетиндеги барлық ҳайўанлар менен келисим дүземен. 11Сизлер менен дүзетуғын келисимим мынадан ибарат: ендигиден былай, пүткил тиришилик топан суўы менен жоқ етилмейди ҳәм жер жүзин жоқ ететуғын топан суўы енди қайтып болмайды».
12Қудай сөзин даўам етип былай деди: «Мениң сизлер ҳәм ҳәр бир жанлы жаныўар менен барлық келешек урпақлар ушын мәңгиге дүзип атырған келисимимниң белгиси мынаў: 13Мен Өз айқулағымды бултларға жайластыраман ҳәм ол Мениң менен жерде жасаўшылардың арасындағы дүзген келисимимниң белгиси болады. 14Мен жер үстине булт жибергенимде, бултларда айқулақ пайда болады. 15Сонда Мен сизлер менен ҳәм ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимди еске аламан. Пүткил тиришиликти жоқ етиўши топан суўы енди қайтып болмайды. 16Қашан бултларда айқулақ пайда болса, Мен оны көрип, жерде жасаўшылардың ҳәммеси менен Өзим дүзген мәңгилик келисимимди еске аламан».
17Соңынан Қудай Нухқа: «Мениң жерде жасаўшы ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимниң белгиси – усы», – деди.
Нухтың уллары
18Нухтың кемеден шыққан уллары – Сам, Хам ҳәм Яфет еди. Хам Қананның әкеси еди. 19Булар Нухтың үш улы еди. Жер жүзиндеги барлық халықлар олардан тарқады.
20Нух жерди тәрбиялап, жүзим егиўге киристи. 21Ол шарап ишип, мәс болып қалды ҳәм өзиниң шатырында жалаңаш жатты. 22Қананның әкеси болған Хам әкесиниң жалаңаш жатырғанын көрди ҳәм сыртқа шығып, бул ҳаққында еки туўысқанына айтып берди. 23Сонда Сам менен Яфет бир шапанды ийинлерине таслады да, терис қарап жүриўи менен ишке кирип, әкесиниң жалаңаш денесин шапан менен жапты. Олар әкесиниң жалаңаш екенин көрмеў ушын жүзлерин басқа тәрепке бурды.
24Мәслиги тарқағаннан соң, Нух кишкене улының не ислегенин билип, 25былай деди:
«Қананға нәлет жаўсын!
Ол туўысқанларының қулларының қулы болсын!»
26Ол және былай деди:
«Самның Қудай Ийесине алғыслар болсын!
Ал Қанан Самның қулы болсын!
27Қудай Яфеттиң жерлерин кеңейтсин!
Ол Самның шатырларында жасасын!
Ал Қанан Яфеттиң қулы болсын!»
28Нух топан суўынан соң және үш жүз елиў жыл өмир сүрди. 29Ол барлығы болып тоғыз жүз елиў жыл жасағаннан соң, қайтыс болды.
Nu markerat:
Жаратылыс 9: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022