1
Матта 27:46
Жаңа Келисим
Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?») – деп бақырды.
සසඳන්න
Матта 27:46 ගවේෂණය කරන්න
2
Матта 27:51-52
Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың көбиси қайта тирилди.
Матта 27:51-52 ගවේෂණය කරන්න
3
Матта 27:50
Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды.
Матта 27:50 ගවේෂණය කරන්න
4
Матта 27:54
Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
Матта 27:54 ගවේෂණය කරන්න
5
Матта 27:45
Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
Матта 27:45 ගවේෂණය කරන්න
6
Матта 27:22-23
Пилат оларға: – Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди. Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар бурынғысынан бетер: – Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты.
Матта 27:22-23 ගවේෂණය කරන්න
නිවස
බයිබලය
සැලසුම්
වීඩියෝ