YouVersion Logo
Search Icon

Марк 10

10
Оныншы бап
Ажырасыў ҳаққында
1Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және көп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди.
2Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап көрмекши болып:
– Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
3Ийса сораўға сораў менен жуўап берип:
– Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.
4Олар:
– Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.
5Ийса оларға:
– Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди. 6«Бирақ жаратылыстың басында Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан»#10:6 Жаратылыс 1:27.. 7«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады 8ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады»#10:7-8 Жаратылыс 2:24.. 9Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.
10Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға:
– Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады. 12Ҳаял да өз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
Ийсаның балаларға
пәтия бериўи
13Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди. 14Буны көргенде Ийса оларға ашыўланып:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. 15Шынын айтып турман:
– Ким де ким Қудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди.
16Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.
Бай жигит
17Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де:
– Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
18Ийса оған:
– Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 19Оның буйрықларын өзиң билесең-ғо: «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле»#10:19 Шығыў 20:12-16; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16-20..
20Ол Ийсаға:
– Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
21Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап:
– Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22Бирақ жигит бул сөзлерди еситкенде түри өзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы көп еди.
23Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине:
– Байлығы барларға Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди.
24Шәкиртлери бул сөзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және:
– Балаларым! Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! 25Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26Олар қатты таң қалысып, бир-бирине:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди.
27Ийса оларға қарап:
– Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудайдың қолынан келеди. Өйткени Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
28Сонда Петр сөз баслап, Оған:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29Ийса жуўап берип:
– Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса, 30ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады. 31Бирақ, бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи
ҳаққында үшинши рет айтыўы
32Олар Ерусалимге көтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Өзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди:
33– Минекей, бизлер Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады. 34Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.
Яқып ҳәм Юханның тилеги
35Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип:
– Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди.
36Ийса олардан:
– Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
37Олар:
– Өзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести.
38Ийса:
– Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди.
39Олар:
– Аўа, аламыз, – деп жуўап берди.
Ийса оларға:
– Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар. 40Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди.
41Қалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды. 42Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып:
– Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 43Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 44Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт. 45Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди, – деди.
Ийсаның соқыр Бартимейге
шыпа бериўи
46Олар Ерихоға келди. Ийса Өз шәкиртлери ҳәм көп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди. 47Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде:
– Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақыра баслады.
48Көп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып:
– Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
49Ийса тоқтап:
– Оны шақырың, – деди.
Адамлар соқырды шақырып:
– Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.
50Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди.
51Ийса оннан:
– Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады.
Соқыр адам Оған:
– Устаз! Көзлерим көретуғын болсын, – деди.
52Ийса оған:
– Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди.
Сол ўақытта-ақ соқырдың көзи қайтадан көретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.

Currently Selected:

Марк 10: KrkNT

Highlight

Share

ਕਾਪੀ।

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in