Жаратылыс 7
7
Топан суўы
1Жаратқан Ийе Нухқа былай деди: «Пүткил хожалығың менен кемеге кир. Өйткени Мен заманласларың ишинде тек сениң ғана Мениң алдымда ҳақ екениңди көрдим. 2Өзиң менен бирге ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан, ҳарам деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан еки жуптан ал. 3Және де, туқымы жер бетинде сақланып қалыўы ушын, қуслардың ҳәр қыйлы түрлеринен еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан ал. 4Өйткени Мен жети күннен кейин жерге қырық күн, қырық түн жаўын жаўдыраман. Өзим жаратқан ҳәр бир тири жанды жер бетинен қырып таслайман».
5Нух Жаратқан Ийениң буйырғанларының барлығын орынлады.
6Жерди топан суўы басқанда, Нух алты жүз жаста еди. 7Нух, оның уллары, ҳаялы ҳәм келинлери топан суўынан қутылыў ушын кемеге кирди. 8-9Қудайдың Нухқа буйырғанындай, ҳадал ҳәм ҳарам деп есапланған ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшылардың еркеги ҳәм урғашысы жуп-жуп болып Нухқа келип, кемеге кирди. 10Жети күннен соң, жер бетин топан суўы қаплай баслады.
11Нух алты жүз жасқа толған жылдың екинши айының он жетинши күнинде терең туңғыйықтың барлық булақларынан суў атлығып, аспан қақпақлары ашылып кетти. 12Жер жүзине қырық күн, қырық түн жаўын жаўды.
13Тап сол күни Нух, оның уллары Сам, Хам, Яфет, Нухтың ҳаялы ҳәм үш келини кемеге кирди. 14Барлық жабайы ҳайўанлардың, маллардың, жер баўырлаўшылардың, барлық қуслардың ҳәм қанатлылардың да ҳәр қыйлы түрлери олар менен бирге кирди. 15Ҳәр түрли жанлы жаныўарлар жуп-жуптан Нухқа келип, кемеге кирди. 16Кемеге кирген ҳайўанлар Қудай Нухқа буйырғанындай еркек ҳәм урғашы еди. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Нухтың изинен кемениң қапысын жапты.
17Топан суўы қырық күн даўам етти ҳәм суўлар тасып, кемени жерден жоқарыға көтерди. 18Суў жер бетинде соншелли көбейип жоқары көтерилгенликтен, кеме суў бетинде жүзе баслады. 19Суўлардың көтерилгени соншелли, жер бетиндеги барлық бәлент таўлар суў астында қалды. 20Көтерилген суўлар таўлардың үстин он бес шығанақ жоқары қаплады. 21Жер жүзиндеги барлық тиришилик: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм барлық адамлар қырылып қалды. 22Қурғақлықтағы тири жанның ҳәммеси өлип қалды. 23Жер жүзиндегилердиң ҳәммеси: адамлардан баслап малларға дейин, жер баўырлаўшылардан баслап қусларға дейин набыт болды. Тек Нух ҳәм оның менен бирге кемеде болғанлар ғана аман қалды. 24Топан суўы жер жүзин бир жүз елиў күн қаплап турды.
Nu geselecteerd:
Жаратылыс 7: КркМК22
Markering
Deel
Kopiëren
Wil je jouw markerkingen op al je apparaten opslaan? Meld je aan of log in
© Институт перевода Библии, 2022