Жаратылыс 8:21-22

Жаратылыс 8:21-22 КРКМК22

Жаратқан Ийе жағымлы ийисти унатып, Өз кеўлинде былай деди: «Мен енди жерди адамлар себепли нәлетлемеймен. Өйткени адамның кеўлиндеги нийетлер балалығынан-ақ жаман болады. Мен усы ислегенимдей, енди ҳеш қашан пүткил тиришиликти жоқ қылып жибермеймен. Ендигиден былай, дүнья турғанша, егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, күндиз ҳәм түн бола береди».