Жаратылыс 14

14
Ибрамның Лутты тутқынлықтан қутқарыўы
1Сол ўақытлары Шынар патшасы Амрафел, Элласар патшасы Арйох, Элам патшасы Кедорлаомер ҳәм Гойым патшасы Тидал биригип, 2Содом патшасы Бераға, Гомора патшасы Биршаға, Адма патшасы Шинабқа, Себойым патшасы Шемеберге ҳәм Бела патшасына, яғный Соар патшасына қарсы урыс ашты. 3Ал соңғы аталған бес патша биригип, Сиддим ойпатлығында, яғный ҳәзирги Өли теңиз жайласқан орында аўқам дүзди. 4Бул патшалар он еки жыл Кедорлаомердиң қол астында болып, он үшинши жылы оған қарсы бас көтерди.
5Он төртинши жылы Кедорлаомер ҳәм оның менен аўқамлас болған патшалар келип, Аштерот-Қарнайымдағы рефа, Ҳамдағы зуз, Шаўе-Кирятайымдағы эм халықларын, 6және де, таўлы Сеир жериндеги хор халқын шөл шетиндеги Эл-Паранға дейин қыйратып, жеңилиске ушыратты. 7Олар сол жерден изге қайтып, Эн-Мишпатқа, ҳәзирги Қадешке келди ҳәм амалеклердиң барлық жерлерин басып алып, Хасесон-Тамарда жасаўшы аморларды қыйратты.
8Бес патша – Содом, Гомора, Адма, Себойым ҳәм Бела, яғный Соар патшалары Сиддим ойпатлығына шығып, 9төрт патшаға, яғный Элам патшасы Кедорлаомерге, Гойым патшасы Тидалға, Шынар патшасы Амрафелге ҳәм Элласар патшасы Арйохқа қарсы атланды. 10Сиддим ойпатлығында қара май кәнлери көп еди. Содом ҳәм Гомора патшалары қашып баратырғанда олардың адамларының гейбиреўлери сол кәнлерге түсип кетти, ал қалғанлары таўға қашты. 11Жеңген төрт патша Содом ҳәм Гомораның пүткил байлығын ҳәм азық-аўқатларын алып кетти. 12Олар және сол ўақытта Содомда жасап атырған Ибрамның иниси Лутты ҳәм оның мал-мүлкин де алып кетти.
13Ол жерден қашып қутылған бир адам келип, еврей Ибрамға болған ўақыяны хабарлады. Сол ўақытта Ибрам Эшкол менен Анердиң туўысқаны болған, амор халқынан болған Мамрениң теребинф тереклиги қасында жасап атыр еди. Булардың ҳәммеси Ибрамның аўқамласлары еди. 14Ибрам инисиниң тутқынға түскенин еситип, үйинде туўылып өскен, урысқа жарамлы үш жүз он сегиз адамды қуралландырды да, төрт патшаның изинен Дан қаласына шекем қуўып барды. 15Ибрам адамларын топарларға бөлип, түнде душпанға қарсы ҳүжим жасады ҳәм оларды қыйратып, Дамасктиң арқа тәрепиндеги Хобаға шекем қуўып барды. 16Ол олжаға алынған пүткил мал-мүликти, иниси Лутты, оның мал-мүлкин, ҳаялларды ҳәм тутқын болғанларды қайтарып алып келди.
Мелкиседектиң Ибрамға пәтиясын бериўи
17Ибрам Кедорлаомер ҳәм оның аўқамласлары үстинен жеңиске ерисип қайтып киятырғанда, Содом патшасы оны күтип алыў ушын Шаўе ойпатлығына#14:17 Шаўе ойпатлығы – Ерусалимниң шығысындағы Кидрон сайының бир тәрепи., яғный Патша ойпатлығына шықты.
18Қудай Тааланың руўханийи болған Салим#14:18 Салим – Ерусалимниң ески аты. патшасы Мелкиседек нан ҳәм шарап алып шықты. 19Ол Ибрамға пәтиясын берип, былай деди:
«Аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Таала
Ибрамды жарылқасын.
20Душпанларыңды тәслим еттирген
Қудай Таалаға алғыслар болсын».
Сонда Ибрам Мелкиседекке өзиндеги барлық нәрселерден оннан бирин берди.
21Ал Содом патшасы Ибрамға:
– Адамларымды маған қайтарып бер, ал олжаларды өзиңде қалдыра бер, – деди.
22-23Бирақ Ибрам Содом патшасына былай деди:
– Сен: «Мен Ибрамды байыттым», – деп айтып жүрмеўиң ушын, мен Жаратқан Ийениң, яғный аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Тааланың алдында саған тийисли ҳеш нәрсени, ҳәтте, бир сабақ та, аяқ кийимниң баўын да алмайтуғынымды айтып, ант ишемен. 24Бирақ тек адамларымның ишип-жегени ҳәм мениң менен бирге урысқа барған Анер, Эшкол ҳәм Мамрениң өз үлеслери буған кирмейди. Олар өз үлеслерин алсын.

Одоогоор Сонгогдсон:

Жаратылыс 14: КркМК22

Тодруулга

Хуваалцах

Хувилах

None

Тодруулсан зүйлсээ бүх төхөөрөмждөө хадгалмаар байна уу? Бүртгүүлэх эсвэл нэвтэрнэ үү

Video for Жаратылыс 14