1
Матта 12:36-37
Жаңа Келисим
Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да.
Спореди
Истражи Матта 12:36-37
2
Матта 12:34
Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
Истражи Матта 12:34
3
Матта 12:35
Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады.
Истражи Матта 12:35
4
Матта 12:31
Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди.
Истражи Матта 12:31
5
Матта 12:33
Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди.
Истражи Матта 12:33
Дома
Библија
Планови
Видеа