1
Матта 7:7
Жаңа Келисим
– Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
ប្រៀបធៀប
រុករក Матта 7:7
2
Матта 7:8
Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
រុករក Матта 7:8
3
Матта 7:24
– Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды.
រុករក Матта 7:24
4
Матта 7:12
Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.
រុករក Матта 7:12
5
Матта 7:14
Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз.
រុករក Матта 7:14
6
Матта 7:13
– Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар көп.
រុករក Матта 7:13
7
Матта 7:11
Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
រុករក Матта 7:11
8
Матта 7:1-2
– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер. Өйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Қудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди.
រុករក Матта 7:1-2
9
Матта 7:26
Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды.
រុករក Матта 7:26
10
Матта 7:3-4
Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң?
រុករក Матта 7:3-4
11
Матта 7:15-16
– Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба?
រុករក Матта 7:15-16
12
Матта 7:17
Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди.
រុករក Матта 7:17
13
Матта 7:18
Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды.
រុករក Матта 7:18
14
Матта 7:19
Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
រុករក Матта 7:19
គេហ៍
ព្រះគម្ពីរ
គម្រោងអាន
វីដេអូ