YouVersion logo
Ikona pretraživanja

Жаратылыс 2

2
1Усылайынша аспан ҳәм жер, олардағы пүткил барлық жаратылып болынды. 2Қудай Өз ислерин жетинши күнге дейин тамамлап, жетинши күни барлық ислеринен дем алды. 3Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес етип айырды. Себеби Ол усы күни Өзиниң барлық жаратыўшылық ислеринен дем алды.
4Мине, аспан ҳәм жердиң жаратылыў тарийхы усындай.
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене
Қудай Ийе аспан менен жерди жаратқанда, 5жер бетинде еле бирде бир дала путасы ямаса бирде бир дала шөби өспеген еди. Өйткени Қудай Ийе еле жерге жаўын жаўдырмаған болып, жерди тәрбиялайтуғын адам да жоқ еди. 6Бирақ жерден булақ суўы шығып, пүткил жер жүзин суўғарып туратуғын еди. 7Соңынан Қудай Ийе жердиң топырағынан адамды жаратып, оның мурнына өмир демин үпледи. Солай етип, адам#2:7 Адам – еврейшеде адам («адам») ҳәм топырақ («адама») сөзлери бир бирине уқсайды. тири жан болды.
8Қудай Ийе шығыста, Эденде бир бағ орнатып, Өзи жаратқан адамын сол жерге жайластырды. 9Кейин Қудай Ийе көздиң жаўын алатуғын, жеўге жақсы түрли-түрли мийўе ағашларын жерден өсирип шығарды. Ал бағдың ортасына өмир терегин ҳәм жақсылық пенен жаманлықты билиў терегин өсирип шығарды.
10Эденнен бир дәрья ағып, бағды суўғарды ҳәм ары қарай төрт тармаққа бөлинип кетти. 11Олардың бириншисиниң аты – Пишон болып, ол алтын кәни болған пүткил Хаўила жерин айланып ағады. 12Алтыны жақсы болған ол жерде хош ийисли шайыр ҳәм оникс тасы бар. 13Екинши дәрьяның аты – Гихон болып, ол пүткил Куш жерин айланып ағады. 14Үшинши дәрьяның аты Тигр болып, ол Ашшурдың шығыс тәрепинен ағып өтеди. Төртинши дәрьяның аты – Евфрат еди.
15Солай етип, Қудай Ийе Эден бағын тәрбиялаўы ҳәм ғамхорлық қылыўы ушын адамды сол жерге орналастырып, 16оған: «Сен бул бағдағы қәлеген терегиңниң мийўесинен жей аласаң. 17Бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме, жесең сөзсиз өлесең», – деп буйырды.
18Соңынан Қудай Ийе: «Адамның жалғыз болғаны жақсы емес, оған ылайықлы жәрдемши жаратаман», – деди. 19Қудай Ийе жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың ҳәммесин топырақтан жаратып, оларға қандай ат беретуғынын билиў ушын, оларды адамға алып келди. Адам ҳәр бирине қандай ат қойса, сол жанлы жаныўар солай аталатуғын болды. 20Адам барлық малларға, аспандағы қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға ат қойды. Бирақ адамның өзине ылайықлы жәрдемши табылмады.
21Сонда Қудай Ийе адамға терең уйқы берди ҳәм ол уйықлап атырғанда, оның бир қабырғасын алып, орнын ет пенен жаўып қойды. 22Қудай Ийе адамның қабырғасынан ҳаялды жаратып, оны адамға алып келди.
23Сонда адам былай деди:
«Мениң сүйеклеримнен алынған сүйек,
Етимнен алынған ет минекей-ғо!
Ол ҳаял адам#2:23 Ҳаял адам – еврей тилинде «иш» – еркек, «иша» – ҳаял деген мәнисти билдиреди. Ҳаял сөзи еркек сөзиниң түбиринен келип шыққан. деп аталсын,
Өйткени ол ер адамнан алынды».
24Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады.
25Адам да, оның ҳаялы да жалаңаш еди, бирақ олар бир-биринен уялмады.

Istaknuto

Podijeli

Kopiraj

None

Želiš li svoje istaknute stihove spremiti na sve svoje uređaje? Prijavi se ili registriraj