YouVersion Logo
Search Icon

Матта 2:1-2

Матта 2:1-2 КРКМК22

Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылды. Узақ ўақыт өтпей, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип: – Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.