YouVersion Logo
Search Icon

Малахия 4

4
Жаратқан Ийениң уллы күни
1«Мине, сол күн жақынлап қалды. Ол лаўлап жанып турған тандырға мегзейди. Сонда менменлер менен жаўызлық қылыўшылар сабан сыяқлы болып қалады. Сол күни олардың ҳәммеси жағып жибериледи», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. «Олардың тамыры да, шақасы да қалмайды. 2Ал сизлер, Мениң атыма ҳүрмет көрсететуғынлар ушын, нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы шығады. Сонда сизлер қорадан шыққан бузаўдай секирип ойнап, шадланасызлар. 3Жаўызларды басқылап таслайсызлар. Аўа, Мен усыларды әмелге асырған күни, олар аяғыңыздың астындағы топырақ сыяқлы болып қалады», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
4«Қулым Муўсаның Нызамын, пүткил Израил халқы ушын Хореб таўында Муўсаға берген қағыйдаларды ҳәм көрсетпелерди есиңизге алың.
5Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Мен сизлерге пайғамбар Илиясты жиберемен. 6Мен келип, пүткил елди ғарғап, жоқ қылмаўым ушын, ол әкелердиң жүреклерин балаларына, балалардың жүреклерин әкелерине қаратып, жарастырады».

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in