Жаратылыс 23
23
Сараның қайтыс болыўы
1Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди. 2Ол Қанан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты. 3Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хетлерге:
4– Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, – деди.
5Хетлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
6– Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сиз бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
7Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хетлерге тәжим етип 8былай деди:
– Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер. 9Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
10Хет халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлерге еситтирип, Ибрайымға:
11– Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
12Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм 13ҳәммеге еситтирип, Эфронға:
– Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, – деди.
14Сонда Эфрон Ибрайымға:
15– Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз шекел гүмис. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
16Ибрайым ыразы болып, Эфрон хетлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
17Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер 18Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлер гүўа болды.
19Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Қанан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. 20Солай етип, хетлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.
Zur Zeit ausgewählt:
Жаратылыс 23: КркМК22
Markierung
Teilen
Kopieren
Möchtest du deine gespeicherten Markierungen auf allen deinen Geräten sehen? Erstelle ein kostenloses Konto oder melde dich an.
© Институт перевода Библии, 2022