Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған:
– Мениң менен жат, – деди.
Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди:
– Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды. Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?