Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди.