Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе, сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады. Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».