1
Жаратылыс 22:14
Мухаддес Китап
Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийениң таўында жеткерип бериледи», – деп айтылады.
Vergleichen
Studiere Жаратылыс 22:14
2
Жаратылыс 22:2
Сонда Қудай оған: – Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
Studiere Жаратылыс 22:2
3
Жаратылыс 22:12
Периште оған: – Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
Studiere Жаратылыс 22:12
4
Жаратылыс 22:8
Ибрайым: – Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди. Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.
Studiere Жаратылыс 22:8
5
Жаратылыс 22:17-18
сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың өз душпанларының қалаларына ийелик етеди. Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
Studiere Жаратылыс 22:17-18
6
Жаратылыс 22:1
Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған: – Ибрайым! – деди. Ибрайым: – Ләббәй! – деди.
Studiere Жаратылыс 22:1
7
Жаратылыс 22:11
Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап: – Ибрайым! Ибрайым! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
Studiere Жаратылыс 22:11
8
Жаратылыс 22:15-16
Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың
Studiere Жаратылыс 22:15-16
9
Жаратылыс 22:9
Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды.
Studiere Жаратылыс 22:9
Home
Bibel
Lesepläne
Videos