1
Юхан 12:26
Мухаддес Китап
Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди.
Cymharu
Archwiliwch Юхан 12:26
2
Юхан 12:25
Өз жанын қәдирлейтуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын аямайтуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды.
Archwiliwch Юхан 12:25
3
Юхан 12:24
Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди.
Archwiliwch Юхан 12:24
4
Юхан 12:46
Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
Archwiliwch Юхан 12:46
5
Юхан 12:47
Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим.
Archwiliwch Юхан 12:47
6
Юхан 12:3
Сонда Мәриям кишкене гүзе менен жүдә қымбат туратуғын, сап нардтан алынған әтир майды алып келип, Ийсаның аяқларына жақты ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши әтир майдың хош ийисине толып кетти.
Archwiliwch Юхан 12:3
7
Юхан 12:13
Олар пальма ағашының шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: «Ҳосанна! Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын Израилдың Патшасы жарылқансын!»
Archwiliwch Юхан 12:13
8
Юхан 12:23
Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди.
Archwiliwch Юхан 12:23
Gartref
Beibl
Cynlluniau
Fideos