ইউভার্শন লোগো
সার্চ আইকন

Матта 6:16-18

Матта 6:16-18 KRKNT

– Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап, бетиңди жуў. Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.

Video for Матта 6:16-18