YouVersion Logo
Search Icon

Лука 4:9-12

Лука 4:9-12 КРКМК22

Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди», – деди. Ийса шайтанға: – «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!», – деп айтылған, – деди.