YouVersion Logo
Search Icon

Юхан 6

6
Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы
(Мат 14:13-21; Мрк 6:30-44; Лук 9:10-17)
1Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия көлиниң арғы жағасына өтти. 2Оның аўырыўларға шыпа бериў арқалы ислеген кәраматлы белгилерин көргенликтен, көп халық изине ерди. 3Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. 4Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди.
5Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен:
– Бул адамларды аўқатландырыў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.
6Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди.
7Филип Оған:
– Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық#6:7 Еки жүз динарлық – бир динар жумысшының бир күнлик ис ҳақысы. нан жетпейди, – деп жуўап берди.
8Шәкиртлеринен бири, Шимон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:
9– Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.
10Ийса:
– Халықты жерге отырғызыңлар, – деди.
Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады. 11Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди#Юхн 6:11 отырғанларға үлестирип берди – Базы қолжазбаларда «шәкиртлерине берди, шәкиртлери отырғанларға үлестирип берди» делинген.. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди.
12Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине:
– Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
13Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
14Халық Ийса ислеген кәраматлы белгини көрип:
– Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
15Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти.
Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи
(Мат 14:22-33; Мрк 6:45-52)
16Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери көлге барды. 17Олар бир қайыққа минип, көлдиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. 18Күшли самал есип, көл толқынлана баслады. 19Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, көлдиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. 20Бирақ Ийса оларға:
– Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
21Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
22Ертеңине көлдиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Өзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң өзлери кеткенин билди. 23Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди. 24Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин көрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.
Ийса – өмир наны
25Олар Ийсаны көлдиң арғы жағасынан таўып, Оннан:
– Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады.
26Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлы белгилер көргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар. 27Сизлер өткинши азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге жетелейтуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди.
28Олар Ийсадан:
– Қудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады.
29– Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
30Олар Ийсаға:
– Бизлер көрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәраматлы белги көрсетежақсаң? Не ислейжақсаң? 31«Жеў ушын оларға аспаннан нан берди»#6:31 Шығ 16:4-5; Заб 77:24., – деп жазылғанындай, ата-бабаларымыз шөлде манна#6:31 Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық. жеген, – деди.
32Ийса оларға:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Әкем. 33Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди.
34Халық Ийсаға:
– Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди.
35Ийса оларға былай деди:
– Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди. 36Бирақ Мен сизлерге: «Мени көрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим. 37Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман. 38Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим. 39Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки. 40Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
41Сонда: «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады.
42– Бул – Юсуптиң улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар.
43Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Өз ара наразы болмаңлар. 44Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен. 45Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Қудайдан тәлим алады»#6:45 Ийш 54:13., – деп жазылған. Әкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди. 46Қудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Әкени көрген емес, Әкени тек ғана Ол көрген. 47Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик өмирге ийе. 48Мен – өмир наныман. 49Ата-бабаларыңыз шөлде манна жесе де, өлип кетти. 50Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам өлмейди. 51Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем.
52Сонда яҳудийлер:
– Ол қалай бизлерге Өз денесин жеўге бере алады? – деп өз ара тартыса баслады.
53Ийса оларға былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде өмир болмайды. 54Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик өмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 55Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик. 56Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман. 57Мени тири Әкем жибергендей ҳәм Мениң Әкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды. 58Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар өлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды.
59Ийса бул сөзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты.
Мәңгилик өмир сөзлери
60Шәкиртлериниң көбиси буны еситип:
– Қандай қыйын сөзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди.
61Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди:
– Бул сөзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма? 62Егер Адам Улының бурын болған жерине көтерилгенин көрсеңиз ше? 63Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир. 64Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар.
Өйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Өзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди. 65Ийса және:
– «Әкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди.
66Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
67Сонда Ийса он еки шәкиртинен:
– Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
68Шимон Петр жуўап берип:
– Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар. 69Бизлер Сениң Қудайдың Мухаддеси#Юхн 6:69 Қудайдың Мухаддеси – Базы қолжазбаларда «Масийх, тири Қудайдың Улы». екениңе исенемиз ҳәм буны билемиз, – деди.
70Ийса оларға:
– Сизлерди, он екини таңлап алған Өзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди.
71Ол Шимон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.

Currently Selected:

Юхан 6: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in