Яқып Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хат Жаңа Келисимдеги ең биринши китаплардың бири. Оны елши Яқып емес, ал Ийемиз Ийсаның иниси ҳәм Ерусалимдеги жәмәәтке жетекши болған Яқып жазған.
Яқып бул хатты қуўдалаўлар себепли тарқалып кеткен яҳудий исениўшилерди жигерлендирип, оларға жубаныш бериў ушын жазған еди. Исениўшилер сол дәўирде қуўғын себепли Ерусалимнен узақ жерлерге тарқалып кеткен болыўы мүмкин (Елш 8:1).
Хаттағы баслы тема – исенимди ислер арқалы көрсетиўден ибарат. Хатта ҳәр қандай сынаўларды қуўаныш пенен қабыл етиў кереклиги ҳаққында ҳәм еки жүзлиликтен қашып, ҳәмме нәрседе ҳадал болыў кереклиги ҳаққында сөз етиледи. Және де, исениўши дуўа еткенде, Қудайдың сөзине бойсынғанда, барлық ислерде, тилди тыйыўда ҳ. т. б. нәрселерде ҳадал болыўы ҳәм өмирдиң ҳәмме тараўларында өзин масийхый қылып көрсетиўи кереклиги ҳаққында айтылады.
Currently Selected:
Яқып Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022