Жаратылыс 5
5
Адам-атадан Нухқа дейинги урпақлар
1Адамның шежиреси мынадай:
Қудай адамды жаратқанда, оны Өзине уқсатып жаратты. 2Оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты ҳәм сол күни оларды жарылқап, оларға «адам» деп ат қойды.
3Адам бир жүз отыз жасқа шыққанда, өзине уқсас, өзиниң бийнесиндей бир балалы болып, оған Шет деп ат қойды. 4Шет туўылғаннан соң, Адам және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 5Адам барлығы болып тоғыз жүз отыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
6Шет бир жүз бес жасқа шыққанда, улы Энош туўылды. 7Энош туўылғаннан соң, Шет және сегиз жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 8Шет барлығы болып тоғыз жүз он еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
9Энош тоқсан жасқа шыққанда, улы Кенан туўылды. 10Кенан туўылғаннан соң, Энош және сегиз жүз он бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 11Энош барлығы болып тоғыз жүз бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
12Кенан жетпис жасқа шыққанда, улы Маҳалалел туўылды. 13Маҳалалел туўылғаннан соң, Кенан және сегиз жүз қырық жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 14Кенан барлығы болып тоғыз жүз он жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
15Маҳалалел алпыс бес жасқа шыққанда, улы Еред туўылды. 16Еред туўылғаннан соң, Маҳалалел және сегиз жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 17Маҳалалел барлығы болып сегиз жүз тоқсан бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
18Еред бир жүз алпыс еки жасқа шыққанда, улы Энох туўылды. 19Энох туўылғаннан соң, Еред және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 20Еред барлығы болып тоғыз жүз алпыс еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
21Энох алпыс бес жасқа шыққанда, улы Метушелах туўылды. 22Метушелах туўылғаннан соң, Энох үш жүз жыл даўамында Қудай менен тығыз байланыста жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 23Энох барлығы болып үш жүз алпыс бес жыл жасады. 24Ол Қудай менен тығыз байланыста жасады. Соңынан ол жер бетинен ғайып болды. Өйткени Қудай оны Өзиниң жанына алған еди.
25Метушелах бир жүз сексен жети жасқа шыққанда, улы Ламех туўылды. 26Ламех туўылғаннан соң, Метушелах және жети жүз сексен еки жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 27Метушелах барлығы болып тоғыз жүз алпыс тоғыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
28Ламех бир жүз сексен еки жасқа шыққанда, бир балалы болды. 29Ол: «Жаратқан Ийениң нәлетлеген жери себепли шеккен азабымызды ҳәм мийнетимизди бул бала жеңиллетип, рәҳәт береди», – деп балаға Нух#5:29 Нух – «тынышлық» дегенди билдиретуғын сөзге уқсас келеди. деп ат қойды. 30Нух туўылғаннан соң, Ламех және бес жүз тоқсан бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 31Ламех барлығы болып жети жүз жетпис жети жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
32Нух бес жүз жыл жасағаннан соң, уллары Сам, Хам ҳәм Яфет туўылды.
Currently Selected:
Жаратылыс 5: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022