Жаратылыс 3
3
Адамның гүна ислеўи
1Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан:
– Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады. 2Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди:
– Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз. 3Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди.
4Жылан ҳаялға:
– Яқ, ҳасла өлмейсиз! 5Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди.
6Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге жағымлы екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди. 7Сол ўақытта-ақ екеўиниң де көзлери ашылып, өзлериниң жалаңаш екенин билди. Олар әнжир ағашларының жапырақларын бир-бирине тигип, өзлери ушын жапқышлар иследи.
8Олар күнниң ыссылығы қайтқан ўақытта, бағдың ишинде Қудай Ийениң жүргенин еситти ҳәм Оннан тасаланып, бағдағы тереклердиң арасына жасырынды. 9Бирақ Қудай Ийе адамды даўыслап шақырып:
– Қай жердесең? – деди.
10Сонда адам:
– Бағда жүргениңди еситкенимде қорқып кеттим. Мен жалаңаш болғанлықтан жасырындым, – деди.
11Қудай Ийе адамнан:
– Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.
12Адам:
– Сен маған берген ҳаял теректиң мийўесинен берди, мен де жедим, – деп жуўап берди.
13Қудай Ийе ҳаялға:
– Бул не қылғаның? – деди.
Ҳаял:
– Жылан мени алдады, сонлықтан мен жедим, – деди.
14Сонда Қудай Ийе жыланға былай деди:
– Сен бул исиң ушын барлық маллар ҳәм жабайы ҳайўанлар арасынан шетлетилип, нәлетий боласаң. Өмириң бойы жер баўырлап, топырақ жейсең. 15Мен сениң менен ҳаялды, оның урпағы менен сениң урпағыңды бир-бирине душпан етип қояман. Оның урпағы сениң басыңды езеди, ал сен оның табанын шағасаң.
16Соңынан Қудай Ийе ҳаялға:
– Ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе қуштар боласаң, ол сени басқаратуғын болады, – деди.
17Ал адамға былай деди:
– Ҳаялыңның сөзин тыңлап, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жегениң ушын, жер сен себепли нәлетленеди. Өмириң бойы аўыр мийнет етип, жерден азығыңды таўып жейтуғын боласаң. 18Сен дала шөплерин аўқат етесең, жер сен ушын шеңгел ҳәм ошаған өсиреди. 19Жерге қайтқаныңша, наныңды маңлай териңди төгип табатуғын боласаң. Өйткени сен топырақсаң, топырақтан жаратылғаның себепли және топыраққа айланасаң.
20Адам өзиниң ҳаялын Ҳаўа#3:20 Ҳаўа – еврей тилинде «өмир» дегенди билдиреди. деп атады, себеби ол пүткил адамзаттың түп анасы болды.
21Қудай Ийе Адам ҳәм оның ҳаялы ушын териден кийим ислеп, оларды кийиндирди. 22Соңынан Қудай Ийе былай деди: «Мине, адам жаманлық пенен жақсылықты билип, Бизлердиң биримиз сыяқлы болды. Енди ол өмир терегине қолын созып, оның мийўесин алып жемесин ҳәм мәңгилик өмир сүрмесин».
23Солай етип, өз денеси жаратылған топырақты тәрбиялаў ушын, Қудай Ийе адамды Эден бағынан шығарып жиберди. 24Ол адамды қуўып шығарып жиберди ҳәм өмир терегине баратуғын жолды қорғаў ушын Эден бағының шығыс тәрепине керубларды#3:24 Керуб – қанатлы руўхый барлық. ҳәм ҳәр тәрепке айланып туратуғын отлы қылышты қойды.
Currently Selected:
Жаратылыс 3: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022