Жаратылыс 20
20
Ибрайым ҳәм Абимелех патша
1Ибрайым Мамреден Негеб жерине көшип, Қадеш ҳәм Шур аралығында жасады. Соңынан бир қанша ўақыт Герарда қалды. 2Ол ҳаялы Сараны: «Ол мениң қарындасым», – деди. Сонлықтан Герар патшасы Абимелех адам жиберип, Сараны алдыртты. 3Бирақ Қудай бир күни түнде Абимелехтиң түсине енип:
– Сен бул ҳаялды алғаның ушын өлесең, себеби оның күйеўи бар, – деди.
4Абимелех еле Сараға жақынлаған жоқ еди. Ол:
– Ийем! Сен айыпсыз адамларды жоқ етпекшимисең? 5Ибрайымның өзи маған оны қарындасым деп айтты-ғо. Ҳаялы да: «Ол мениң әжағам», – деген еди. Бул исте мениң ҳүжданым таза, қолларым да ҳадал, – деди.
6Сонда Қудай түсинде оған былай деди: «Аўа, сениң ҳүжданыңның таза екенин билемен. Сонлықтан сени Маған қарсы гүна ислеўден сақлап, ҳаялға қол тийгизиўиңе жол қоймадым. 7Ал енди ҳаялды күйеўине қайтып бер. Өйткени ол – пайғамбар. Ол сен ушын дуўа етеди, сонда сен өлмейсең. Бирақ билип қой: егер сен ҳаялды күйеўине қайтарып бермесең, онда өзиң де, барлық адамларың да өлесизлер».
8Абимелех азанда ерте турды да, өзиниң барлық хызметкерлерин жыйнап, оларға болған ўақыяны айтып берди. Олар қатты қорқып кетти. 9Абимелех Ибрайымды шақыртып, оған былай деди:
– Сен неге бизлерге булай иследиң? Мени ҳәм мениң патшалығымды бундай үлкен гүнаға батырғандай, мен саған не жаманлық қылған едим? Сен маған ислеўге болмайтуғын ислерди иследиң, – деди. 10Соңынан ол Ибрайымнан:
– Бул исти қандай мақсетте иследиң? – деп сорады. 11Ибрайым былай деп жуўап берди:
– Мен бул жерлерде адамлар ҳеш Қудайдан қорқпайды ҳәм ҳаялым ушын мени өлтириўи мүмкин деп ойладым. 12Ҳақыйқатында да, ол – мениң қарындасым. Бизлердиң әкемиз бир, аналарымыз басқа болғанлықтан, мен оған үйленген едим. 13Қудай маған әкемниң үйин қалдырып, еллерди гезиўди буйырғанда, мен өз ҳаялыма: «Маған жақсылық исле: қай жерге барсақ та, мени әжағам деп айт», – деп айтқан едим.
14Сонда Абимелех Ибрайымға қой, сыйыр, қул ҳәм шорыларды саўғаға берди. Ол Сараны да қайтарып берди ҳәм 15Ибрайымға былай деди:
– Мениң жерлерим сениң көз алдыңда: қай жерди қәлесең, сол жерде жаса. 16Ал Сараға былай деди: – Минекей, мен әжағаңа мың шекел#20:16 Мың шекел – бир шекел шама менен 11 гр. гүмис берип атырман. Бул жаныңдағы адамлар алдында сениң намысыңның таза екенин көрсететуғын дәлил болады. Ҳәмме сениң айыпсыз екениңди билсин.
17Сонда Ибрайым Қудайға дуўа етти ҳәм Қудай Абимелехке, оның ҳаялына ҳәм шорыларына шыпа берди. Олар және туўатуғын болды. 18Себеби Ибрайымның ҳаялы Сара себепли Жаратқан Ийе Абимелехтиң үйиндеги барлық ҳаялларды бала туўмайтуғын етип таслаған еди.
Currently Selected:
Жаратылыс 20: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022