YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 17

17
Сүннет – келисимниң белгиси
1Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған көринип:
– Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол. 2Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен ҳәм сениң урпақларыңды есап-сансыз қылып көбейтемен, – деди.
3Ибрам ет бетинен жығылды. Сонда Қудай оған былай деди:
4– Мениң сениң менен дүзетуғын келисимим мынаў: сен көп халықлардың бабасы боласаң. 5Енди сениң атың Ибрам емес, ал Ибрайым#17:5 Ибрам… Ибрайым – еврейшеде Ибрам – «уллы әке», ал Ибрайым – «көплердиң әкеси» дегенди билдиреди. болады. Себеби Мен сени көп халықлардың бабасы қыламан. 6Мен сениң нәсилиңди сансыз етип көбейтип, сеннен халықлар дөретемен. Сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. 7Мен сениң менен ҳәм сеннен кейинги урпақларың менен келешек әўладларға өтетуғын мәңгилик келисим дүземен: Мен сениң ҳәм сеннен кейинги урпақларыңның Қудайы боламан. 8Ҳәзир өзиң келгинди болып жасап атырған пүткил Қанан жерин саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен ҳәм Мен олардың Қудайы боламан.
9Қудай Ибрайымға және былай деди:
– Ал сен ҳәм сеннен кейинги урпақларың Мениң келисимимди әўладлар даўамында сақлаўыңыз тийис. 10Мениң сениң менен ҳәм сениң урпақларың менен дүзген келисимим, яғный сизлер орынлаўыңыз керек болған келисим мынаў: сизлердиң араңыздағы ҳәр бир ер адам сүннет етилиўи тийис. 11Сизлер сүннет етилиўиңиз шәрт. Сүннет арамыздағы келисимниң белгиси болады. 12Ҳәр бир ер бала, соның ишинде үйиңизде туўылған ямаса урпағыңыздан болмай, қандай да бир шет елли адамнан сатып алынған қуллар сегиз күнлигинде сүннет етилсин. Бул әўладлар бойы даўам етсин. 13Олар үйиңде туўылған болса да, сатып алынған болса да, сүннет етилиўи шәрт. Денеңиздеги бул белги Мениң мәңгилик келисимимниң белгиси болады. 14Сүннет етилмеген ҳәр бир еркек өз халқы арасынан шығарылып жиберилсин. Өйткени ол келисимди бузған болады.
15Қудай Ибрайымға және былай деди:
– Ендигиден былай, ҳаялыңды Сарай деп емес, ал Сара#17:15 Сарай… Сара – еврейшеде бул еки ат та «ханбийке» деген мәнисти билдиреди. деп шақыр. 16Мен оны жарылқайман ҳәм ол арқалы саған бир ул беремен. Мен оны жарылқайман ҳәм ол халықлардың анасы болады. Оннан халықлардың патшалары келип шығады.
17Ибрайым ет бетинен жығылды. Ол: «Жүз жасар ғаррыдан бала туўыла ма? Тоқсан жасар Сара бала туўа ма?» – деп ойлап, күлип қойды. 18Соң ол Қудайға:
– Ҳеш болмаса, Исмайыл алдыңда аман жүргей, – деди.
19Сонда Қудай оған былай деди:
– Яқ, ҳаялың Сара саған ул туўып береди. Сен оның атын Ысақ деп қоясаң. Мен оның менен ҳәм оның урпақлары менен мәңгилик келисимимди дүземен. 20Ал Исмайылға келсек, сениң ол туўралы айтқанларыңды еситтим. Мен оны жарылқап, өсип-өндиремен ҳәм урпақларын есап-сансыз қылып көбейтемен. Исмайылдан он еки көсем келип шығады. Мен оннан уллы халық дөретемен. 21Бирақ Мен Өз келисимимди келеси жылы усындай ўақытта Сараның туўатуғын улы Ысақ пенен дүземен.
22Қудай Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, жоқарыға көтерилип кетти.
23Ибрайым Қудайдың айтқанындай, сол күни-ақ үйиндеги барлық еркеклерди: улы Исмайылды, үйинде туўылған ҳәм сатып алынған ер адамлардың ҳәммесин сүннет еттирди. 24Ибрайым өзи сүннет етилгенде, тоқсан тоғыз жаста, 25ал улы Исмайыл он үш жаста еди. 26Ибрайым ҳәм оның улы Исмайыл да сол күни-ақ сүннет етилди. 27Олар менен бирликте Ибрайымның үйиндеги барлық еркеклер: сол үйде туўылғанлар ҳәм шет елли адамлардан сатып алынған қуллар да сүннет етилди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in