Елшилер 8
8
Ерусалим жәмәәтиниң қуўдаланыўы
1Степанның өлтирилиўин Шаул да мақуллаған еди. Сол күнниң өзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти. 2Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады. 3Бирақ Шаул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.
Филип Самарияда
4Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Қудайдың сөзин жәриялап жүрди. 5Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масийх ҳаққында жәриялады. 6Филиптиң сөзин еситкен ҳәм ол көрсеткен кәраматлы белгилерди көрген халық оның сөзлерин дыққат пенен тыңлады. 7Өйткени жин урған көп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, көплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди. 8Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бөленди.
Сыйқыршы Шимон
9Сол қалада көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм өзин уллы адам деп есаплайтуғын Шимон атлы бир адам бар еди. 10Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Қудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди. 11Шимон оларды көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди. 12Бирақ олар Қудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масийхтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сөзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды. 13Шимонның өзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Көрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды көрип, ол таң қалды.
14Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди. 15Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты қабыл етиўи ушын дуўа етти. 16Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди. 17Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойғанда, олар Мухаддес Руўхты қабыл етти.
18Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин көрген Шимон оларға ақша усынып:
19– Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди.
20Бирақ Петр оған былай деди:
– Қудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң өзиң менен бирге қурып кетсин. 21Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Өйткени кеўлиң Қудай алдында ҳақ емес. 22Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер. 23Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди көрип турман.
24Шимон жуўап берип:
– Мен ушын Ийеге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди.
25Петр менен Юхан Ийемиздиң сөзи ҳаққында гүўалық берип ўаз айтқаннан соң, Самарияның көп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты.
Филип ҳәм эфиопиялы ўәзир
26Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди:
– Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шөл жолына бар.
27Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта#8:27 Ақта – пишилген адам. сыйыныў ушын Ерусалимге барып, 28сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди. 29Мухаддес Руўх Филипке:
– Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
30Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип:
– Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады. 31Эфиопиялы:
– Биреў маған жол-жорық көрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды өтиниш етти. 32Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди:
«Ол қой сыяқлы сойылыўға алып барылды,
Жүн қырқыўшының алдында қой қалай үндемей турса,
Ол да солай аўзын ашпады.
33Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды.
Оның урпақларын ким тилге алады?
Өйткени Оның бул дүньядағы өмири таўысылды»#8:32-33 Ийш 53:7-8..
34Ўәзир Филиптен:
– Өтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Өзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады.
35Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди.
36Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди.
– Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир.
[37#Елш 8:37 Базы қолжазбаларда 37-аят та бар: «Филип оған: „Егер шын кеўлиң менен исенсең, болады“, – деди». «Ийса Масийхтың Қудайдың Улы екенине исенемен, – деп жуўап берди ўәзир».] 38Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды. 39Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип#Елш 8:39 Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип – Базы қолжазбаларда: «Мухаддес Руўх ўәзирди бийлеп алды ҳәм Қудайдың периштеси Филипти бирден алып кетти»., ўәзир оны қайтып көрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти. 40Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
Currently Selected:
Елшилер 8: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022