Елшилер 21
21
Павелдиң Ерусалимге қарай жолға шығыўы
1Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик. 2Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик. 3Кипр көрингенде, оның қубла тәрепинен өтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық. 4Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды өтинди. 5Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик. 6Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты.
7Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен көрисип, олардың жанында бир күн қалдық. 8Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық. 9Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған төрт қызы бар еди.
10Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди. 11Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен өзиниң аяқ-қолларын байлап:
– Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди.
12Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик. 13Сонда Павел былай деп жуўап берди:
– Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал өлиўге де таярман.
14Павелди көндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик.
15Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик. 16Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрли Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық.
Павелдиң Яқып пенен ушырасыўы
17Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды. 18Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты көриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди. 19Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, өз хызмети арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди.
20Олар буны еситип, Қудайды алғыслады да, Павелге былай деди:
– Туўысқанымыз Павел! Өзиң көрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши көп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы. 21Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең. 22Енди не қылыў керек? Олар әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди. 23Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Қудай алдында ант ишкен төрт адам бар. 24Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен өт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен төле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин. 25Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға шалынған қурбанлықтың гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик.
26Келеси күни Павел жанына сол төрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен өтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди.
Павелдиң қолға алыныўы
27Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада көрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып:
28– Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты.
29Өйткени олар буннан алдын Павелди қалада эфесли Трофим менен бирге көргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди.
30Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды. 31Олар Павелди өлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң көтерди!» – деген хабар жетип барды. 32Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди көргенде, Павелди урыўды тоқтатты.
33Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан:
– Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады.
34Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жөнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бөлимге алып кетиўди буйырды. 35Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны көтерип жүриўге мәжбүр болды. 36Халық оның изинен:
– Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди.
Павелдиң өзин ақлаўы
37Әскерий бөлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға:
– Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди.
Мыңбасы:
– Сен грекше билесең бе? 38Демек, сен буннан бурын қозғалаң көтерип, төрт мың қозғалаңшыны шөлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди.
39Павел:
– Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден өтиниш, халыққа сөз сөйлеўге рухсат етиң, – деди.
40Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сөйлей баслады.
Currently Selected:
Елшилер 21: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022