Елшилер 17
17
Салоникада
1Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан өтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди. 2Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады. 3Масийхтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де:
– Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масийх, – деди ол.
4Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Қудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм көплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.
5Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң көтерди. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди. 6Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып:
– Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти. 7Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим императорының пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.
8Бул сөзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды. 9Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.
Берияда
10Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Берияға жиберди. Олар Берияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди. 11Бериядағы яҳудийлердиң Салоникадағы яҳудийлерге қарағанда пикири кеңирек еди. Олар Қудайдың сөзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сөзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди. 12Солай етип, яҳудийлердиң көбиси ҳәм көплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди.
13Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Берияда да Қудайдың сөзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды. 14Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Берияда қалды. 15Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.
Афинада
16Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин көргенде, қатты қапа болып ашыўланды. 17Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Қудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди. 18Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының#17:18 Эпикуршылар ҳәм стоик ойшыллары – ески грек елиндеги ойшыллардың топарлары. гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Өйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди. 19Олар Павелди Ареопаг кеңесине#17:19 Ареопаг кеңеси – Арес төбеси деген жерде жайласқан афиналылардың рәсмий кеңеси ямаса қазыханасы. Бул жерде он еки қазы жыйналатуғын еди. алып келип, оған:
– Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлиматтың не екенин билиўимизге бола ма? 20Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди.
21Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен өткизетуғын еди.
22Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди:
– Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди көрип турман. 23Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды көзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық орынды да көрдим. Енди өзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Қудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан.
24Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Қудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды. 25Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Өйткени ҳәмме адамларға өмир, дем ҳәм барлықты Оның Өзи береди. 26Қудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген. 27Буны Қудай Өзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес. 28Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз.
29Бизлер енди Қудайдың урпағы болғанымыз себепли, Қудай адамның өнери ҳәм ақыл-ойы менен дөретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар. 30Өткен дәўирлерде Қудай наданлыққа дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта. 31Өйткени Ол бул дүньяны Өзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды өлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи.
32Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди. 33Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти. 34Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.
Currently Selected:
Елшилер 17: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022