YouVersion Logo
Search Icon

Елшилер 13

13
Барнаба менен Шаулдың хызметке жиберилиўи
1Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Нигер деп аталатуғын Шимон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаин ҳәм Шаул. 2Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Шаулды ажыратып бериңлер». 3Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Шаулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды.
Кипр атаўында
4Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Шаул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрге жүзип өтти. 5Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында Қудайдың сөзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди.
6Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып өтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты. 7Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгөйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Шаулды шақыртып, Қудайдың сөзин тыңламақшы болды. 8Бирақ, грек тилинде аты Элимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық көрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты. 9Сонда Мухаддес Руўхқа толған Шаул, яғный Павел көзлерин Элимасқа тигип:
10– Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па? 11Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын көтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын көре алмайтуғын боласаң, – деди.
Сол ўақытта-ақ оның көзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап өзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын қармалай баслады. 12Ҳәким болған ўақыяны көрип, исенди. Өйткени Ийемиз туўралы тәлиматқа ҳайран қалған еди.
Писидияның Антиохия қаласында
13Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти. 14Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Шаббат күни мәжилисханаға кирип отырды. 15Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сөзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабарлады.
16Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди:
– Ҳәй, израиллылар ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар! 17Бул Израил халқының Қудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Өзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты. 18Шөлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады. 19Қанан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Өз халқына мүлик етип берди. 20Булардың ҳәммеси төрт жүз елиў жылдай даўам етти.
Соңынан Қудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди#13:20 Бий 2:16.. 21Буннан кейин халық патша сорағанда, Қудай оларға Бенямин урыўынан болған Киштиң улы Шаулды берди. Шаул қырық жыл патшалық етти. 22Қудай оны тахттан түсиргеннен соң, оларға Даўытты патша етип қойды. Қудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды»#13:22 1Пат 13:14; Заб 88:21..
23Қудай Өз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Қутқарыўшысы Ийсаны шығарды. 24Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады. 25Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масийх емеспен. Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен»#13:25 Юхн 1:20; Лук 3:15-16..
26Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сөзлери бизлерге жиберилген. 27Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр Шаббат күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сөзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сөзлерин әмелге асырды. 28Оннан өлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны өлтириўди сорады. 29Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды. 30Бирақ, Қудай Оны өлимнен тирилтти. 31Ийса Өзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге көп күнлер даўамында көринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды.
32Бизлер де сизлерге Қудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз. 33Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған:
«Сен Мениң Улымсаң,
Бүгин Мен Саған Әке болдым»#13:33 Заб 2:7..
34Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, өлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Қудай былай деген:
«Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен,
Мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен»#13:34 Ийш 55:3..
35Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген:
«Өз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң»#13:35 Заб 15:10..
36Даўыт өз заманында Қудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң көз жумып, өз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти. 37Бирақ, Қудай тирилткен Адамның денеси ширимеди. 38Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр. 39Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады. 40Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сөзлери басыңызға түспесин:
41«Қараңлар, ҳәй, сурбетлер,
Таң қалысып, набыт болыңлар!
Сизлер жасаған дәўирде бир ис қыламан,
Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер»#13:41 Хаб 1:5..
42Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси Шаббат күни де усылар ҳаққында айтыўын өтиниш етти. 43Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине өткен Қудайға сыйынатуғынлардың көбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сөйлесип, Қудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти.
44Келеси Шаббат күни қала халқының дерлик ҳәммеси Ийемиздиң сөзин тыңлаў ушын жыйналды. 45Бирақ яҳудийлер сонша халықты көрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сөзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти.
46Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди:
– Қудайдың сөзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм өзлериңизди мәңгилик өмирге ылайықлы көрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз. 47Өйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди:
«Жердиң шетине дейин қутқарылыў әкелиўиң ушын,
Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым». #13:47 Ийш 49:6.
48Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сөзин алғыслады. Мәңгилик өмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди. 49Солай етип, Ийемиздиң сөзи пүткил үлке бойлап жайылды. 50Бирақ яҳудийлер Қудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди. 51Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти. 52Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып таса берди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in