Марк 9
9
Тоғызыншы бап
1Ийса оларға және:
– Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, – деди.
Ийсаның түр-түсиниң
өзгериўи
2Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди. 3Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. 4Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды. 5Петр Ийсаға:
– Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
6Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди.
7Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
8Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.
10Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди. 11Шәкиртлери Ийсадан:
– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
12Ийса оларға жуўап берип:
– Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған? 13Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.
Ийсаның жин урған
балаға шыпа бериўи
14Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди. 15Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди. 16Ийса олардан:
– Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады.
17Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип:
– Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим. 18Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын өтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди.
19Сонда Ийса оларға:
– Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди.
20Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбик шығып, аўнап жатты. 21Сонда Ийса баланың әкесинен:
– Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады.
Әкеси:
– Кишкене бала ўақтынан усындай. 22Руўх оны өлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гөр, – деди.
23Ийса оған:
– Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди.
24Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип:
– Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды.
25Халықтың жуўырып киятырғанын көргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип:
– Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди.
26Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала өлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың көбиси:
– Ол өлип қалды, – дести.
27Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды.
28Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан:
– Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
29Ийса оларға жуўап берип:
– Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.
Ийса және Өз өлими
ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында
30Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. 31Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип:
– Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
32Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
Уллылық ҳаққында
33Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен:
– Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. 35Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға:
– Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
36Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап:
37– Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.
Бизлерге қарсы болмаған – бизлердиң
тәрепдарымыз
38Юхан Ийсаға:
– Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
39Ал Ийса былай деди:
– Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат көрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сөз айта алмайды. 40Өйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз. 41Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды.
Азғырыў ҳәм дозақ оты
42– Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады. 43Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сөнбес отқа барғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [44]#Басқа нусқада 9:44 48-аят пенен бирдей. 45Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [46]#Басқа нусқада 9:46 48-аят пенен бирдей. 47Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен Қудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. 48«Дозақта олардың қурты да өлмейди, оты да өшпейди»#9:48 Ийшая 66:24..
49Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады.
50Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Өзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди.
Currently Selected:
Марк 9: KrkNT
Highlight
Share
Copy
![None](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fimageproxy.youversionapi.com%2F58%2Fhttps%3A%2F%2Fweb-assets.youversion.com%2Fapp-icons%2Fen.png&w=128&q=75)
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004