YouVersion Logo
Search Icon

Марк 2

2
Екинши бап
Ләң адамның шыпа табыўы
1Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти. 2Көп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтты. 3Сонда Оған төрт адам бир ләң адамды көтерип алып келди. 4Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди. 5Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға:
– Балам, гүналарың кеширилди! – деди.
6Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: 7«Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.
8Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип:
– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 9Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме? 10Бирақ, Адам Улының#2:10 Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты. жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: 11– Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.
12Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап:
– Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқпыз, – дести.
Лебийдиң шәкирт болыўы
13Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. 14Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди көрди де, оған:
– Мениң изиме ер! – деди.
Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
15Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди. 16Парисейлер#2:16 Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары. арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине:
– Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.
17Буны еситкен Ийса:
– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
Ораза ҳаққында сораў
18Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип:
– Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
19Ийса оларға:
– Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. 20Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады.
21Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. 22Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.
Дем алыс күни ҳаққында сораў
23Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. 24Парисейлер Ийсаға:
– Қара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
25Ийса оларға:
– Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? 26Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Қудайға арналған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
27Ол және:
– Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған. 28Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.

Currently Selected:

Марк 2: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in