Матта 27
27
Жигирма жетинши бап
Ийсаның Пилаттың
алдына апарылыўы
1Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де, 2Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды.
Яҳуданың өзин өзи өлтириўи
3Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4– Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди.
Олар оған:
– Бизлерге не? Өзиң бил, – деди.
5Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди.
6Бас руўханийлер гүмисти алып:
– Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди.
7Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады. 8Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады.
9Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды:
«Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған
Оның қунын алып,
10 Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди» # 27:9-10 Зекерия 11:12-13; Еремия 19:1-13; 32:6-9. .
Өлим ҳүкими
11Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
12Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13Сонда Пилат Оған:
– Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14Бирақ Ийсаның өзиниң бирде бир сөзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди. 16Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди. 17Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди:
– Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма?
18Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим».
20Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп:
– Барабаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди.
21Ҳәким олардан және:
– Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
Олар:
– Барабаны, – деди.
22Пилат оларға:
– Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады.
Олардың ҳәммеси де:
– Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди.
23Ал Пилат олардан:
– Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады.
Бирақ олар бурынғысынан бетер:
– Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты.
24Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып:
– Бул Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25Пүткил халық:
– Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
Әскерлердиң Ийсаны
масқаралаўы
27Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. 28Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де, 29тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды. 31Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
Ийсаның атанақ ағашқа
шегелениўи
32Әскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 33Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, 34олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.
35Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти#27:35 Забур 21:18., 36соңынан отырып, Оны қараўыллады. 37Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды. 38Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи.
39Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип:
40– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.
41Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди:
42– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз. 43Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
Ийсаның жан тапсырыўы
45Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 46Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен:
– Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?»#27:46 Забур 21:2.) – деп бақырды.
47Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:
– Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
48Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49Ал басқалары:
– Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести.
50Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды.
51Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. 52Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың көбиси қайта тирилди. 53Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди.
54Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып:
– Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
55Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. 56Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
57Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди. 58Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды. 59Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да, 60өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды. 61Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.
Қәбирди қараўыллаў
62Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен#27:62 Яғный: жума күни. Шемби күни болған дем алыс күни ушын таярлық көрилетуғын күн. кейинги дем алыс күни#27:62 Дем алыс күни – шемби күни. бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып, 63оған:
– Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти. 64Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65Пилат оларға:
– Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды.
Currently Selected:
Матта 27: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004