YouVersion Logo
Search Icon

Матта 16

16
Он алтыншы бап
Ийсадан Қудай жибергенлигин
кәраматлы белги менен көрсетиўин сораў
1Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин сорады. 2Ийса оларға жуўап қайтарып:
– Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер. 3Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар? 4Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы көрсетилмейди, – деди.
Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды.
Жалған тәлийматлардан
сақ болыңлар!
5Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға өткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди. 6Ийса оларға:
– Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди.
7Сонда олар:
– Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп өз ара айтыса баслады.
8Ийса буны билип, оларға:
– Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге өз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар? 9Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 10Және де жети нан төрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 11Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди.
12Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди.
Петрдиң Ийсаның Масих
екенин мойынлаўы
13Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Өз шәкиртлеринен:
– Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады.
14Олар:
– Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди.
15Ийса оларға:
– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди.
16Симон Петр жуўап қайтарып:
– Сен – Масихсаң#16:16 Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы., тири Қудайдың Улысаң, – деди.
17Ийса оған:
– Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди. 18Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең#16:18 Петр – грек тилинде «Пэтрос», тас дегенди билдиреди., Мен мына тастың үстине Өз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды. 19Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди.
20Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Өзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды.
Ийса Өз өлими
ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында
21Сол ўақыттан баслап Ийса Өзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен көп азап шегиўи ҳәм өлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады.
22Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған:
– Қудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола көрмесин! – деп қарсы сөйлей баслады.
23Ийса бурылып, Петрге:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
Өзинен кешип, Ийсаға ериў
24Сонда Ийса Өз шәкиртлерине:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 25Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады. 26Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? 27Адам Улы Әкесиниң салтанатында Өз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады. 28Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Өз Патшалығында келиўин көрмегенше, өлмейди, – деди.

Currently Selected:

Матта 16: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in