Лука 7:7-9
Лука 7:7-9 KRKNT
Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди. Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.